Аннотация: Бул мақалада теңеў фразеологизмлердиң қолланыў өзгешелигине тоқталып өтилген. Теңеў фразеологизмлердиң морфологиялық структурасы, қайсы сөз шақабтан жасалғанына, лексикалық мәнилерине итибар берилди. Соны менен бирге теңеў фразеологизмлердиң тийкарғы белшгиси уқсас предметлерди салыстырыў есапланады

Гилт сөз: Фразеологизм, лексика, морфология, стилистика, аффикс.

Тилимизде троплардың орны айрықша. Олар ҳәм лингвистикалық ҳәм әдебиятта да үйрениледи. Көркем сүўретлеў қураллары тилдиң байлығын, шығарманың көркемлилик мазмунын, образлылық дәрежесиниң жоқарылатыў ушын ҳәр бир жазыўшы- шайырлардың стилине жараса пайдаланылады. Көркемлеў сүўретлеў қуралының тийкарғы атқаратуғын хызмети бул эстетикалық тәсиршеңликти арттырыў, ой-сезимлерди эмоционал жеткерип бериў болып есапланады[1; 5].

Шайыр-жазыўшылар өз шығармаларында лексика-семантикалық байлықлардан көркемлеў қураллары сыпатында жүдә өнимли пайдаланады. Биз де өз гезегинде мақаламызды лексикалық тил бирлиги болған фразеологизмлердиң теңеў сыпатында келиўине тоқталып өтемиз.

Фразеологизмлер өзиниң аўыспалы мәнилиги менен ажралып турыў менен бир қатарда теңеў хызметинде де келеди. Бир неше фразеологизмлер аўызеки сөйлеў тилинде ушырасатуғын теңеўлер тийкарында пайда болған десек қәтелеспеймиз. Себеби дәстлебинде қандай да бир предметти екинши бир предметке салыстырылып, теңлестирилип сүўретлеў арқалы тилимизде турақлы сөз дизбеклери пайда болған.

Теңеўлер морфологиялық билдирилиўи жағынан көбинесе —дай\дей, -тай\тей аффикси арқалы жасалады. Теңеў арқалы ойдың образлылығы , эстетикалық тәсиршеңлиги тәмийнленеди. Мысалы: аўзы гөжедей қайнаў, аўзына қатық уйытқандай, аўзына қум қуйылғандай, аўзына суў толтырғандай ҳ.т.б.

Жоқарыда берилген сомантикалық фразеологизмлердиң бәри теңеў хызметинде келип, «сөйлеў» ҳәм «индемеў» мәнисин билдиреди. Бул фраземалар атлық+атлық+дай+фейил ямаса атлық+атлық+фейил+дай формасында көп ушырайды. Себеби фразеологизмлердиң теңеў болып келиўинде —дай\дей аффикси атлыққа, фейилге ҳәм атаўыш сөзлерге косылады.

Психологиялық ҳалатларды билдириўде биз оны екиге унамлы ҳәм унамсыз етип бөлип аламыз.

1. Жағымы яғный унамлы характердеги теңеў фразеологизмлер, олар қуўаныш сезимин билдиреди: кеўли таўдай көтерилиў, жерден жети қоян тапқандай, аты бәйгиде озғандай, ақ түйениң қарны жарылғандай, ҳ.т.б

Фейил фразеологизмлердиң теңеў хызметинде келиўи: «Қара қағаз» келди дегенге жерден жети қоян тапқандай жуўырысып келгениңиз қудалыққа миясар емес ғой...[2; 33]

2. Жағымсыз яғный унамсыз характердеги теңеў фразеологизмлер. Олар қапа болыў, ашыўланыў, қыйналыў сыяқлы ҳалатларды билдиреди: ингендей қайысыў, ботадай бозлаў, ишин ийт жыртқандай болыў, төбесине муздай суў қуйғандай болыў, бөриге байланған ылақтай болыў, жүрегине шай тартқандай болыў ҳ.т.б

Мысалы: Жаңғызының қанлы майданға атланар алды алты қанатлы үйге бир өзи сыймай пошалап, ингендей қайысып, ботадай бозлап отырған Назлы кемпир...[2;3]; Өлимди еситип, Қәдирдиң төбесине муз қуйылғандай болды [2;11]; Алмагүл, жалғыз қалғанына бөриге байланған қозыдай, шыбыжыңлады...[3; 255].

Берилген биринши мысалымызда «ингендей қайысыў», «ботадай бозлаў» — қыйналыў мәнисин берсе, төбесине муздай суў қуйылыў фраземасын қысқартып «төбесине муз қуйылыў» — қатты қорқыў, ал халық тилинде ушырасып жүрген бөриге байланған ылақтай болыў фраземасын «бөриге байланған қозыдай» тыпыршылап қорқып турған процессти көрсетип берген.

Халқымыз тилинде теңеўлер көп, оларды жаратыўда турмыстың түрли саласындағы ўақыя-қубылыслар себебши болады. Салыстырыўшы предметтиң қәсийетине, белгисине, сапасына, атқаратуғын хызметине қарап салыстырылыўшы предмет теңеледи.

Теңеў фразеологизмлер ишинде белгиниң белгисин билдирип келетуғын рәўиш фраземалар да бар. Мысалы: Оның үстине Тамара бир шылым ун бермей жибергенде аспаннан түскендей он кило унлы болды [4; 121]; -Турмыс қурдың ба? — деди бир ўақта Шазада түйеден постын таслағандай етип[4; 8]; Лекин, азанда бул ойлардың барлығы суў бетиндеги көбиктей тарқап кетеди [4;19]

Келтирилген мысалларда аспаннан түскендей, түйеден постын таслағандай етиў — бирден, тосыннан дегенди билдирсе, ҳәрекеттиң тезлигин билдириў ушын суў бетиндеги көбиктей тарқаў фразеологизми қолланылған. Рәўиш мәнили фразеологизмлер көбинесе ўақытлық, орынлық, сынлық мәнили фразеологизмлерди жасап келеди.

Теңеў мәнили фразеологизмлердиң және бир түри бул адектив фразеологизмлер. Олар заттың ямаса қандай да бир предметтиң белгисин, түрин, түсин билдириўши фразеолизмлерден есапланады. Мысалы: Оннан қулақты жарып жиберетуғындай ойнақы музыка жаңлады [4; 39]; Тиршилик ҳәмме ўақыт қамырдан қыл суўырғандай бола бермейди [4; 80]; Түйениң сүти, көздиң жасындай қуйсаң қара шайың қоп-қойыў болады [4;18].

Жоқарыдағы берилген мысалларда даўыс тонының қатты шығыўына байланыслы қулақты жарып жиберетуғындай фраземасы, «қамырдан қыл суўырғандай» — жүдә аңсат, ал кишкентай, аз ғана мәнисин аңлатыў ушын көздиң жасындай фразеологизми қолланылады. Бул мысаллардың ҳəр биринде берилген фразеологизмлердиң өзине тəн өзгешелигин, экспрессивлик-эмоциональлық мəнилерин көриўимизге болады.

Қарақалпақ тилиниң фразеологизмлеринде тәкирарланбас көркем-сүўретлеўшилик имканият, терең, тужырымлы ҳәм өткир мәни, үлкен тәсирлилик, анықлықты тәмийн ете алған қысқалық, сулыўлық бар. Буны биз әсиресе теңеў фразеологизмдиң атқаратуғын хызметинен аңласақ болады. Олар көбинесе шығармадағы образлықты арттырыў, тыңлаўшының дыққатын қаратыўда автордың жаратқан фантазиясына байланыслы дөретиледи.

Пайдаланылған әдебиятлар

  1. A.Dosimbetova «Ádebiyatta kórkemlew quralları» — Nókis: «Qaraqalpaqstan», 2017-jıl, 5-bet.
  2. К. Султанов. Ақдәрья (роман). Нөкис, «Билим», 2018. 280 бет.
  3. Т. Қайыпбергенов. Қарақалпақ дәстаны. Маман бий әпсанасы. Нөкис, «Билим», 2018-жыл. 512 бет.
  4. М. Нызанов. Таңламалы шығармалары. VIII том. (Роман, гүрриңлер, драббллер). Нөкис, «Билим», 2018-жыл. 312 бет.